Get Mystery Box with random crypto!

УЙҚЫДАН АЛДЫН ҚЫЛЫНАТУҒЫН ИСЛЕР Нәбий саллаллаҳу алайҳи | Paziyletuz | Рәсмий канал

УЙҚЫДАН АЛДЫН ҚЫЛЫНАТУҒЫН ИСЛЕР

Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты: "Ким таҳарат пенен уйқласа, оның басында бир периште түнейди. Ол түнде оянса: Аллаҳим, оның гүналарын кешир, себеби ол, таҳарат пенен уйқлады, дейди".

Айша разыяллаҳу анҳа айтады: «Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәр күни түнде өз орнына жатса, еки алақанын бир қосып, оған дем салатуғын еди. Оған «Қул ҳуўәллооҳу аҳад»ты, «Қул әъуўзу бироббил фалақ»ты, «Қул әъуўзу биробин-нәәс»ты оқып, еки алақанына дем салғаннан кейин, денесиниң қол жететуғын жериниң ҳәммесине сүртетуғын еди. Басынан, жүзинен ҳәм алдынғы тәрепинен баслайтуғын еди. Усындай тәризде үш мәрте ислейтуғын еди».

Ибн Умар разыяллаҳу анҳу айтады:
«Ким төсекке жатқанында Аллаҳты зикир етсе, кейин усы ҳалатта уйқлап қалса, ол оянаман дегенше зикир қылыўшы деп жазылады».

Қайырлы түн әзизлер!



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz