Get Mystery Box with random crypto!

#дуўа Азанда ҳәм кешқурын оқылатуғын дуўа Әбиў Ҳурайра | Paziyletuz | Рәсмий канал

#дуўа

Азанда ҳәм кешқурын оқылатуғын дуўа

Әбиў Ҳурайра разияллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
Әбиў Бакр Сыддық разияллаҳу анҳу: «Ҳәй Аллаҳтың Расули, маған бир кәлийма үйретиң, оны азанда ҳәм кешқурын айтып жүрейин», дегенинде, Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деди:
«Ерте таңда, кеш киргенде ҳәм орныңа жатқаныңда «Аллоҳумма фәәтирос сәмәўәти ўәл ард, аалиймәл ғойби ўәш шәҳәда, Робба кулли шай`ин ўә мәлийкәҳ. Әшҳаду әләә иләәҳә иллә әнтә, әўузу бикә мин шәрри нәфсий ўә шәрриш шайтоны ўә ширкиҳ», деп айт», деди.

Мәниси: Эй жер ҳәм аспанды бар қылған, жоқты да, барды да билиўши, ҳәр бир нәрсениң Пәрўардигары ҳәм патшасы болған Аллаҳым! Гүўалық беремен, Сеннен басқа иләҳ жоқ. Нәпсимниң жаманлығынан, шайтанның жаманлығы ҳәм ширкинен Өзиңнен пана сорайман.



Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz