Get Mystery Box with random crypto!

#дуўа #тилек Қайырлы таң әзизлер! Ояндыңыз, төрт мүшеңиз с | Paziyletuz | Рәсмий канал

#дуўа #тилек

Қайырлы таң әзизлер!

Ояндыңыз, төрт мүшеңиз саў. Демек, Аллаҳ бахытлы инсанлар қатарында қылыпты…

Ырысқыңызды да алдыңыз, демек, және бахытлысыз…

Перзентлериңиз, шаңарағыңыз әтирапыңызда, демек, және де бахытлысыз…

Бүгинги күнлик режелериңизди дүздиңиз. Нийетиңиз: ҳадал-пәк кәсип қылыў, ата-анаңыздың дуўасын алыў, олар ҳаққына дуўа қылыў, инсанларға жақсылық қылыў, мүтәжлерге жәрдем қолын созыў, досларыңызға жақсы тилеклериңизди билдириў, болсын.
Жақсылықтың шегарасы жоқ.

Жаманлықлардан сақланың: кеўилди аўыртпаң, ренжитпең, дос-яран менен байланысты үзбең, ағайин-туўғанлар менен қатнасықты жоқ қылмаң, ғәзепленбең, басқаларға даўсыңызды көтермең, жалған сөйлемең, ғийбат қылмаң, жаман гүманнан сақланың, биреўдиң ҳаққына қыянет етпең, ҳарам луқмаға қол созбаң, шекпең, ишпең, жәмийет ҳәм әтирапыңыздағыларға зыян жеткермең…

Бүгинди күнлериңиз ишиндеги ең жақсы күнлерден болыўын сорап қаламыз.



https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ