Get Mystery Box with random crypto!

#сораў_жуўап Cайлаўларда қатнасыў мүмкин бе? 803-СОРАЎ: | Paziyletuz | Рәсмий канал

#сораў_жуўап

Cайлаўларда қатнасыў мүмкин бе?

803-СОРАЎ: Сизлерден бир затты сорамақшыман. ТiкТок социаллық тармағында бир видео кѳрип қалдым. Онда сайлаўда қатнасып даўыс бериўди күпир әмел деген. Сол қаншелли тийкарлы? Сол сайлаўларда қатнасыўға динимизде қалай қаралады? Жуўап ушын алдынан рахмет.

ЖУЎАП: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳим. Сайлаўда қатнасыў күпир ямаса ширк, деген гәплер улыўма негизсиз. Бундай гәп-сѳзди тийкарынан диний илимлерден узақ, шәрий ҳүкимлерге бир тәреплеме қарайтуғын адамлар кѳтерип жүреди. Тийкарынан Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам екинши Ақаба байъатында жетпис адамнан ибарат ансорлар жәмәәтине ѳз ишинен топар баслығын сайлаўды буйырған. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам топар басшыларын ѳзи таңламай, буны сайлаўшыларға қалдырған. Буның менен адамлар ѳзлериниң мәлим жумысларын әмелге асырыў, басшыларға жеткизиў ушын жуўапкер шахсларды ѳзлери таңлаўлы кереклигин үйреткен. Ол алайҳиссалам бул усылды кейинирек те қоллаған. Бул ҳаққында имам Бухарий ѳз “Саҳиҳ”ында ѳз алдына бап ашып, “Адамларға басшы болғанлар ҳаққында” деп атайды ҳәм онда адамлар мәлим жумысларды жоқары баслыққа киши басшылар арқалы ѳз мүрәжаатларын жеткизиўи усынысына тийисли ҳәдисти келтиреди (“Олтин Силсила”, 8-жуз, 7176-ҳәдис).
Соның менен бирге, тарийхта “Хулафойи рошидинлер”диң тѳртеўи де айырықша усылда сайлағаны. Әбиў Бәкир разыяллаҳу анҳуды бир топар мусылманлар сайлаған, кейин қалғанлары оған байъат еткен. Умар разыяллаҳу анҳуды Ҳәзирети Әбиў Бәкир мусылманлардың разылығы менен тайынлаған болса, Усман разыяллаҳу анҳуды Умар разыяллаҳу анҳу тайынлаған он саҳаба сайлаған, кейин мусылманлар оған байъат еткен. Әлий разыяллаҳу анҳу Мадина халқының талабына кѳре халифа болған. Ол қабыллады ҳәм басқалар болса оған байъат еткен.
Сондай екен, мусылман инсан жәмийет мәпи гѳзленген, әдалат ҳәм жақсылық жолында пүткил инсаният пенен шериклик етиўи мүмкин екен. Бул ҳаққында Шайх Юсуф Қарзаўий ҳафизаҳуллаҳ ѳзиниң “Ал-Ислам ўад- демоқратия” атлы мақаласында сондай дейди: “Исламда сайлаўларға гүўалық ретинде қаралады. Яғный, басшылыққа сайланып атырған адамның искерлигине гүўа болыў болып табылады. Тәжрийбеси жоқ адамға тәжирийбели, деп гүўалық берилмейди. Егер тәжирийбели, талапшаң адамға ѳз орнында гүўалық берилмесе, бул гүўалықты жасырыў болып қалады”.

Аллаҳ таала Қураны кәриймде былай деген:
“Ҳақты қорғаған ѳз несийбесин алады. Наҳақлықты қорғаған да ѳз үлесин алады. Аллаҳ ҳәмме иске баҳа бериўши” (Ниса сүреси, 85-аят).
Демек, талабанлар ишинде ең ылайығына, жәмийетте әдалатты орнататуғын адамға даўыс берсе, әлбетте бул жақсы исиниң әжрин алады.
Басқаша айтқанда, егер мусылман адам ҳәр тәрептен ылайық талабанға даўыс берсе, ел-журттың раўажланыўына үлкен үлес қосқан болады. Ең тийкарғысы ақыретте үлкен әжрге ийе болады. Керисинше, итибарсызлық, бийпарқлық ямаса түрли қықыр жоллар менен ылайық емес талабанға даўыс берсе, ақыретте буның ушын жуўап береди. Ўаллаҳу аълам.


Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы пәтиўа комиссиясы.

https://t.me/joinchat/AAAAAEUZPAm6wk-2LZebeQ