Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Тілек
Рамазан
Намаз
Тәрбия
تانگی
Еслетпе
سعل
Аўыз
Дуа
Sora
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 74.54K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар

2024-04-24 06:00:19
#күн_аяты

"Әлбетте, Сен дуўаны еситиўшисең".

Әли Имрон сүреси, 38-аят.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.1K views03:00
Ашу / Түсініктеме
2024-04-24 03:25:26
#таңғы_тилек

Ийгиликли әмеллер қылыў ушын имканият берип, таңда оятқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын!

Аллаҳ таала бул муқаддес айда қылып атырған ибадатларыңызды қабыл етсин!

Жаңа күннен үмит кеткен мақсетлериңизге жетиўиңизде Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

Күниңиз — жақсылық пенен басланып, үйлериңизге тынышлық ҳәм береке алып келсин!

Шаңарағыңызды бахыт, әўмет ҳеш қашан тәрк етпесин!

Бүгинги күниңиз нийет еткениңизден де абзал ҳәм пайызлы өтсин!




Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.2K views00:25
Ашу / Түсініктеме
2024-04-23 21:36:44
#намаз_ўақытлары

Нөкис ўақты менен 24-апрель күнги намаз ўақытлары



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.3K views18:36
Ашу / Түсініктеме
2024-04-23 19:17:39 "Ихлас сүреси"ниң оқылыўы ҳәм мәнисиниң қарақалпақша аўдармасы.

@nasiyatuz
13.1K views16:17
Ашу / Түсініктеме
2024-04-23 16:56:37 Миллий қәдирият мазмунында иләж ѳткерилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен «Бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларға тийкарланған күшли мәнаўиятқа таянамыз» сүрени тийкарында республикамыздағы жоқарғы оқыў орынларында үгит-нәсият иләжларын ѳткериў шѳлкемлестирилген.
Иләжда Жаңа Ѳзбекстанның билимлендириў реформалары ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар муўапықлығын үгит-нәсиятлаў, руўхый әдеп-икрамлылық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар үстемлигине ерисиў, сондай-ақ, миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў белгиленген.
Бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ѳткерилген «Бабаларымыздың бай мийрасы ҳәм миллий қәдириятларға тийкарланған күшли мәнаўиятқа таянамыз» сүрени тийкарында ѳткерилген иләжда қатнасып, университет оқытыўшылары ҳәм студент жасларға динимизде миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик мазмунында баянат жасады.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.9K views13:56
Ашу / Түсініктеме
2024-04-23 14:09:12
#Пикирлеў

ҚУРАН ЎАҚТЫМЫЗҒА МҮТӘЖ ЕМЕС

"Бул Биз түсирген китап – мүбәрек..." (Анъам сүреси, 92-аят).

Қуран мүбәрек, яғный берекетли Китап!
Қуран ўақтыңызға, өмириңизге ҳәм бәрше ислериңизге берекет алып киреди.

Гейде "Қуран оқыўға ўақтым жоқ", деген сылтаўлар қулаққа еситиледи.

Умытпаң!

Қуран бизлердиң ўақтымызға мүтәж емес!
Керисинше, биздиң ўақтымыз Қуранға мүтәж!



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.0K views11:09
Ашу / Түсініктеме
2024-04-23 12:03:41
#мақала

"МӘНАЎИЙ ҚӘЎИПТЕН САҚЛАНАЙЫҚ".

ТОЛЫҚ...

Аминжан Набатов.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.7K views09:03
Ашу / Түсініктеме
2024-04-23 09:51:40 ​​#Сораў_жуўап

ҲӘДИСТЕ "АЙДА ҮШ КҮН ОРАЗА ТУТ" ДЕЛИНГЕН ЕКЕН. УСЫ ҮШ КҮН АЙДЫҢ ҚАЙСЫ КҮНЛЕРИ?

Сораў: Ҳәдислерде ҳәр айда үш күн ораза тутылса, жыл бойы ораза тутқан есапланады делинген. Сораўым, усы саўапты алыў ушын айдың қайсы күнлери ораза тутыў керек?

Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Әлбетте, инсан ҳәр айда үш күн ораза тутып жүрсе, жыл бойы ораза тутқандай болыўы ҳәдислерде айтылған:

Абдуллаҳ ибн Амр разыяллаҳу анҳу айтады: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға мениң "Аллаҳға ант, тири екенмен, күндизи ораза тутаман, түнди ибадат пенен өткиземен", деп атырғаным хабары жеткизилди. Мен Нәбий алайҳиссаламға айттым: "Ата-анам сизге пидә болсын, ҳақыйқатында да сондай дедим". Ол: "Сиз буны қыла алмайсыз. Сол себепли, ораза да тутың, аўзы ашық та жүриң. Уйқысыз да болың, уйқылаң да. Айда үш күн ораза тутың. Өйткени, жақсылық орнына оның он есеси бар. Мине усы жыл-он еки ай ораза тутқан сыяқлы болады", деди. Мен: "Буннан артығына да тақатым жетеди", дедим. Ол: "Онда бир күн ораза тутың, еки күн аўзы ашық жүриң", деди. Мен: "Буннан артығына да тақатым жетеди", дедим. Ол: "Онда бир күн ораза тутың, бир күн аўзы ашық жүриң". Бул Даўыт алайҳиссаламның оразасы ҳәм бул ең абзал ораза", деди. Мен: "Буннан артығына да тақатым жетеди", дедим. Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Буннан абзалы жоқ", деди" (Имам Бухарий рәўияты). Ҳәдислерде келген үш күн ораза тутыў айдың қайсы күнлерине туўры келиўи ҳаққында бир қанша ҳәдислер келген. Атап айтқанда:

Муаза разыяллаҳу анҳу айтады: "Айша разыяллаҳу анҳаға: "Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәр айдан үш күн ораза тутар еди ме?", дедим. Ол: "Аўа", деди. Мен: "Айдың қайсы күнлери ораза тутар еди?", дедим. Ол: "Қайсы күн болыўына итибар берместен ораза тутатуғын еди", деди. (Имам Муслим рәўияты).

Имам Термизий ҳәм имам Насаий раҳматуллаҳи алайҳлар Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳудан рәўият қылған ҳәдисте Пайғамбарымыз алайҳиссалам оған (Әбиў Заррға) "Егер бир айда ораза тутсаңыз айдың он үшинши, он төртинши ҳәм он бесинши күнлери тутың", деген. Солай екен, инсан ҳәр айда үш күн ораза тутмақшы болса ықтыяр өзинде болып, айдың қайсы күнлери тутса да ҳәдисте айтылғанындай жыл даўамында ораза тутқандай болады. Сондай-ақ, Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳу рәўият қылған ҳәдисте баян етилгениндей қамарий айдың он үшинши, он төртинши ҳәм он бесинши күнлери ораза тутса, және де абзал есапланады. Ўаллоҳу аълам.

  Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.0K views06:51
Ашу / Түсініктеме
2024-04-23 08:19:16
"ЕҢ АБЗАЛ ӘМЕЛЛЕР"

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Нөкис қаласы «Аллаҳберди Әзиз» жаме мешити имам-найыбы

Копабаев Икрам

(Видео mp4)




Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.4K views05:19
Ашу / Түсініктеме
2024-04-23 06:12:20
#дуўа

Азанда оянғаныңызда төрт нәрсени айтыўды өзиңизге әдет етиң!

Бириншиси: Я Аллаҳым, Мен саған тәўекел еттим!

Екиншиси: Аллаҳым, бул күнимди Сениң разылығыңа ерисиўге себепши қылдым! Оны меннен қабыл ет! Бул күнди маған аңсат ҳәм берекетли қыл!

Үшиншиси: "Я Рәббим, (бул ислерди қылыўда) мениң кеўлимди  кең қыл, исимди жеңил қыл!" (Тоҳа сүреси, 25- 26-аятлар).

Төртиншиси: Я Аллаҳым, Саған өзим, шаңарағым, перзентлерим, жақынларымды тапсырдым. Оларды Өзиң ҳәр түрли бәле-апатлардан аман сақла!



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.7K views03:12
Ашу / Түсініктеме