Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Тілек
Еслетпе
سعل
Аўыз
Намаз
Дуа
تانگی
Мақала
Пайдалы
Әҳмийетли
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Тілек
Еслетпе
سعل
Аўыз
Намаз
Дуа
تانگی
Мақала
Пайдалы
Әҳмийетли
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 73.31K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар

2024-05-01 18:58:00
ҚУРАНЫ КӘРИЙМ ҚӘЛБ НУРЫ

Суфян ибн Уяйна раҳимаҳуллаҳ: "Илим алыў тыңлаўдан басланады, соң оны түсиниледи ҳәм ядланады, кейин оған әмел етиледи", деди.

Бенде Аллаҳтың Китабын (Қураны кәриймди) қалыс нийет пенен еситсе, оның қәлбине Аллаҳ таала нур салады ҳәм туўры жолға ҳидаят қылады.

Қураны кәриймде айтылады: "Енди (ҳәй Муҳаммад!) Мениң сондай бенделериме хош хабар бериң, олар гәпти еситип, кейин ең жақсысына (пайдалысына) ереди. Әне солар – Аллаҳ ҳидаят қылғанлар. Солар – нағыз ақыл ийелери".

Зумар сүреси, 17-18-аятлар.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.7K views15:58
Ашу / Түсініктеме
2024-05-01 16:35:29
#Пикирлеў

ЕҢ ГӨЗЗАЛ ҚЫССА

"Биз саған усы Қуранды ўаҳий қылыўымыз бенен гөззал қыссаны айтып беремиз" (Юсуф сүреси, 3-аят).

Ҳақыйқатында да, Юсуф алайҳиссалам қыссасы ҳикмет, ибрат, ўаз-нәсиятларды өз ишине алған ең шырайлы қысса.

Бул қыссаның ақыры жақсылық пенен жуўмақланған. Сонлықтан да "ЕҢ ГӨЗЗАЛ" қысса дәрежесин алған:

Яқуб алайҳиссалам қыссаның ақырында балаларын тапты, көзи ашылды, баласының жоқары лаўазымға көтерилгенин көрди, бәрше шаңарақ ағзаларының рәҳәтине гүўа болды. Әке ушын буннан артық бахыт бар ма?!
"Әзиздиң ҳаялы" (Зулайҳа) да қыссаның ақырында тәўбе қылып, Аллаҳға қайтты.
"Қаладағы ҳаяллар" да ақыры Юсуф алайҳиссаламның гүнасыз екенин тән алды.
Зиндандағы сақий (суў қуйыўшы) да азат болып, өз ўазыйпасына қайтты.
Юсуф алайҳиссаламның әжағалары да әкесинен кеширим сорап, туўры жолға қайтты.
Бул қыссадағы дерлик бәрше қатнасыўшылардың ақыбети қайырлы жуўмақланды.
Соның ушын да бул қысса "ЕҢ ГӨЗЗАЛ ҚЫССА" атын алған.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.6K views13:35
Ашу / Түсініктеме
2024-05-01 15:16:16
#мақала

Тема: "ФИТНА - МАЪНАВИЙ ИЛЛАТ".

ТОЛЫҚ...

Муҳаммаджон Отажонов.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.6K views12:16
Ашу / Түсініктеме
2024-05-01 13:27:02
ҚАНААТ!

Қанаат ақыллы адамлардың пазыйлети. Бирақ қанаат етиў ырысқы излеў ҳәм кәсип менен шуғылланыўдан тыйылыў дегени емес. Бәлки, қанаат кәсип себепли тапқан нәрсесине шүкир қылыў ҳәм артықшасына умтылмаў болып табылады. Қанаатлы инсан мудамы зыяпат ишинде ҳәм кеўил хошлық арасында жүрген сыяқлы. Себеби, қанаат жолын тутқан адам ҳәр нәрсеге уўайым-қайғы қыла бермейди. "Пәленши оны алыпты, мен де алыўым керек, неге онда болады, менде болмайды", деп жанын қыйнай бермейди.



Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.2K views10:27
Ашу / Түсініктеме
2024-05-01 11:06:58
#күн_аяты

"...ҳәм Аллаҳтан қорқыўыңа ҳақлырақ ҳалыңда, сен адамлардан (гәп-сөзлеринен) қорыққан едиң"

Аҳзаб сүреси, 37-аят.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.4K views08:06
Ашу / Түсініктеме
2024-05-01 09:20:19
#жума_марузасынан

"Дуўасы қабыл болған инсан Саъид ибн Зайд"

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Нөкис районы "Имам ийшан " жаме мешити имам-хатиби

Салимов Алымжан

(Видео mp4)



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.8K views06:20
Ашу / Түсініктеме
2024-05-01 07:42:35
#ҳикмет

Ақыллы адамның белгилери

• Тақаты (күши) жетпейтуғын нәрсени өз мойнына алмайды;
• Тақатынан тысқары исти басқаға жүклемейди;
• Түсине алмайтуғын иске ҳәрекет етпейди;
• Өз тилине, гәп-сөзине ийелик етеди;
• Өзине байланысы болмаған нәрсе менен бәнт болмайды;
• Пайдасы болатуғын муғдардағы сөзди ғана сөйлейди.




     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.6K views04:42
Ашу / Түсініктеме
2024-05-01 03:18:02
#таңғы_тилек

Ийгиликли әмеллер қылыў ушын имканият берип, таңда оятқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын!

Аллаҳ таала бул муқаддес айда қылып атырған ибадатларыңызды қабыл етсин!

Жаңа күннен үмит еткен мақсетлериңизге жетиўиңизде Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

Күниңиз — жақсылық пенен басланып, үйлериңизге тынышлық ҳәм береке алып келсин!

Шаңарағыңызды бахыт, әўмет ҳеш қашан тәрк етпесин!

Бүгинги күниңиз нийет еткениңизден де абзал ҳәм пайызлы өтсин!




Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
15.4K viewsedited  00:18
Ашу / Түсініктеме
2024-05-01 02:58:02
Ассаламу алайкум!

Бүгин ҳәптениң Сәршемби күни



  Сәршемби күниңиз қайырлы болсын!

     1-Май                                      2024
     22-Шәўўәл                              1445





    Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!
   

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.2K views23:58
Ашу / Түсініктеме
2024-04-30 21:36:55
#намаз_ўақытлары

Нөкис ўақты менен 1-май күнги намаз ўақытлары



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
15.5K views18:36
Ашу / Түсініктеме