Get Mystery Box with random crypto!

Paziyletuz | Рәсмий канал

Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал P
Арнадағы тақырыптар:
Тілек
Аўыз
سعل
Намаз
تانگی
Жума
Кун
Жаңалықлар
Дуа
Мағлыўмат
All tags
Telegram арнасының логотипі paziyletuz — Paziyletuz | Рәсмий канал
Арнадағы тақырыптар:
Тілек
Аўыз
سعل
Намаз
تانگی
Жума
Кун
Жаңалықлар
Дуа
Мағлыўмат
All tags
Арна мекенжайы: @paziyletuz
Санаттар: Дін
Тіл: қазақ
Жазылушылар: 72.44K
Арнадан сипаттама

Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының рәсмий сайты
https://www.facebook.com/groups/1393604727481912/
https://instagram.com/paziylet.uz?igshid=9ipx3fosdr4e
https://www.youtube.com/channel/UCrMPXuoyl0Wh3wUmka5pxHg

Ratings & Reviews

4.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

2

4 stars

1

3 stars

0

2 stars

0

1 stars

0


Соңғы хабарлар

2024-05-08 07:08:41 ​​#мағлыўмат

Өткен марҳумларға қандай тиләўат етиледи?

9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәр жылы халқымыз өткен ата-бабаларын еслеў ушын қәбирстанларға барады.

"Қәбирстанға барғанда қалай тиләўат етип марҳум ҳәм марҳумаларымызға бағышлаймыз?", дегенлер төмендегилерди оқып, ядлап кейин жақынлары басына барғанда биймәлел өзлери тиләўат етиўи мүмкин.

Қуран аятларынан төмендеги келтиргенимизди оқыса болады:


Әъуўзу билләәҳи минәш шәйтоонир рожийм.
Бисмилләәҳир роҳмәәнир роҳийм.

Қул ҳуўаллооҳу аҳад. Аллооҳус сомәд. Ләм йәлид ўә ләм йуўләд. Ўә ләм йәкул ләҳу куфуўән әҳад.

Субҳаанә роббикә роббил ъиззәти ъаммәә йасифуўн. Ўә сәләәмун ъаләл мурсәлийн. Ўәл ҳамду лилләәҳи роббил ъааләмийн.


Аяты кәрийманы оқып болып, ҳасыл болған саўапларын ата-бабаларына бағышланады.

Әдетте былай дуўа етиледи:
Қуран аятларынан ҳасыл болған саўапларды, әўеле Пайғамбарымыз Муҳаммад алайҳиссаламға, ол кисиниң шаңарақ ағзаларына, саҳабаларына, өткен алым- уламаларға, ата-бабаларымызға, солардан пәленше улы төленшениң (усы орында сол жердеги марҳум яки марҳуманың аты ҳәм әкесиниң аты айтылады) руўхына бағышладым. Аллаҳ таала олардың жатқан жерин жайлы қылсын, жәннет бағларынан бир бағ қылсын. Гүналарын әпиў етип, қылған ийги ислерин өзлери менен бирге қылсын, изинде қалған әўладларынан разы болған болсын... бироҳмәтикә йәә әрҳамәр рооҳимийн.

Дуўа қылып болып еки қолды жүзге сүртемиз.

Аллаҳ таала бәршемизден өткенлерди Өзи жарлықасын! Әмийн, я роббәл ъаләмийн


https://t.me/paziyletuz
12.7K views04:08
Ашу / Түсініктеме
2024-05-08 05:10:22
#ҳәдис #салаўат

     Әбиў Дарда разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады:
      "Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: "Ким маған таң атқанда он ҳәм кеште он салаўат айтса, Қыямет күни шәпәәтиме ериседи", деди".

  Имам Табараний рәўияты.

      Аллооҳуммә солли аләә сәййидинәә Муҳаммад.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.2K views02:10
Ашу / Түсініктеме
2024-05-08 03:17:02
#таңғы_тилек

Ийгиликли әмеллер қылыў ушын имканият берип, таңда оятқан Аллаҳ таалаға шүкирлер болсын!

Аллаҳ таала бул муқаддес айда қылып атырған ибадатларыңызды қабыл етсин!

Жаңа күннен үмит еткен мақсетлериңизге жетиўиңизде Аллаҳ таала жәрдемшиңиз болсын!

Күниңиз — жақсылық пенен басланып, үйлериңизге тынышлық ҳәм береке алып келсин!

Шаңарағыңызды бахыт, әўмет ҳеш қашан тәрк етпесин!

Бүгинги күниңиз нийет еткениңизден де абзал ҳәм пайызлы өтсин!




Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.2K views00:17
Ашу / Түсініктеме
2024-05-07 21:38:05
#намаз_ўақытлары

Нөкис ўақты менен 8-май күнги намаз ўақытлары



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.4K views18:38
Ашу / Түсініктеме
2024-05-07 18:31:14
«Фалақ» сүреси

Әъуўзу билләәҳи минәш шәйтоонир рожийм.

Бисмилләәҳир роҳмәәнир роҳийм.

«Қул әъуўзу бироббил фәлақ. Миң шәрри мәә холақ. Ўә миң шәрри ғоосиқин изәә ўәқоб. Ўә миң шәррин-нәффәәсәәти фил уқод. Ўә миң шәрри ҳаасидин изәң ҳасәд).


Мәниси: 1. (Ҳәй Муҳаммад!) Айт: «Пана сорап илтижа қыламан таң Рәббисине, 2. жаратқан нәрселериниң жаманлығынан, 3. қап-қараңғы болған түнниң жаманлығынан, 4. түйинлерге дем салыўшы ҳаяллардың жаманлығынан, 5. көре алмаған күншилдиң жаманлығынан».




     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
14.2K views15:31
Ашу / Түсініктеме
2024-05-07 15:37:13
Перзенттиң ата-ана қайтыс болғаннан кейинги 5 ўазыйпасы

Ата-анаңыз ҳақына истиғфар айтың:

Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: "Мәйит қайтыс болғаннан кейин дәрежеси көтерилди. Сонда ол: "Я Рәббим! Бул не?", деди. "Балаң саған истиғфар айтты", делинди".

Муҳаммад ибн Сийрийннен рәўият қылынады: "Бир түн Әбиў Ҳурайраның алдында едик. Ол: "Аллаҳым, Әбиў Ҳурайраны ҳәм анамды мағфират қыл ҳәм екеўине истиғфар айтқанларды да мағфират қыл", деди".

Муҳаммад (ибн Сийрийн): "Бизлер Әбиў Ҳурайраның дуўасына кирип қалайық, деп оған ҳәм анасына мағфират сорап турамыз", деди". (Имам Бухарий рәўияты).

Түсиндирме: Ҳәр бир мөмин перзент өз ата-анасына мағфират сорап дуўа қылыўы менен бирге, басқалардың да олардың ҳақына дуўа қылыўын тәмийнлеўши шара-илажларды көриўи шырайлы болады.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
15.0K views12:37
Ашу / Түсініктеме
2024-05-07 13:17:09 «Ҳаж - 2024» мәўсими ушын оқыў-семинарының екинши күни даўам етпекте

Алдын хабар бергенимиздей, Хорезм ўәлаятындағы “Имам Фахриддин ар-Розий” медресесинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятынан Ҳаж мәўсими ушын бириктирилген топар басшылары қатнасында 2 күнлик оқыў-семинары болып өтпекте.
Усы семинардың екинши күнинде Өзбекстан мусылманлары басқармасы Мешитлер менен ислеў бөлими баслығы Музаффар домла Камалов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов, Хорезм ўәлаяты ўәкили Хайрулла домла Абдуллаев ҳәм диний тараў хызметкерлери қатнасты.
Ушырасыўда топар басшыларына Ҳаж мәўсиминдеги зәрүрли ўазыйпалар еслетилди. Зияратшыларға Исламның бесинши парызы болған Ҳаж ибадатына пуқта таярланыў, Ҳаждың парызлары, ўәжиблери ҳәм сүннетлерин ҳәр тәреплеме түсиндирилиўи зәрүр екени айтып өтилди.
Соның менен бирге, ҳаж сапарына тийисли нызамшылық ҳәм басқа норматив ҳүжжетлерди де пуқта билиў уқтырылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
14.5K views10:17
Ашу / Түсініктеме
2024-05-07 13:16:53
12.8K views10:16
Ашу / Түсініктеме
2024-05-07 12:01:45
#Ихлас_сүреси

ИХЛАС СҮРЕСИ

Сүрениң оқылыўы:

Бисмилләәҳир роҳмәәнир роҳийм.
1. Қул ҳуўаллооҳу аҳад.
2. Аллооҳус сомәд.
3. Ләм йәлид ўә ләм йуўләд.
4. Ўә ләм йәкул ләҳуў куфуўән аҳад.


Мәниси: Меҳрибан ҳәм Рейимли Аллаҳтың аты менен (баслайман).
1. (Ҳәй Муҳаммад!) Айт: «Ол Аллаҳ – жалғыз.
2. Аллаҳ – Cомад (Өзи ҳеш нәрсеге мүтәж емес, басқа ҳәмме Оған мүтәж) .
3. Ол туўмаған ҳәм туўылмаған да.
4. Сондай-ақ, Оның ҳеш бир теңи жоқ».




     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
12.9K views09:01
Ашу / Түсініктеме
2024-05-07 09:41:43
#мақала

Тема: "Мәзҳаб – шахсқа ериў дегени емес!".

Мәзҳабқа ериў дегени Қуран ҳәм сүннетти қойып, шахсқа ериў дегени емес. Бәлки бул әйне Қуран ҳәм сүннетке ериў есапланады! Мысалы, сизиң белиңизде қатты аўрыў пайда болды. Сол дәрежеде аўырмақта, денеңиз бүгилип қалды. Сол ўақытта сиз дәриханаға барасыз ба ямаса қәнигеге барасыз ба? Ямаса өзиңиз белиңиз неге аўырып атырғанын билмеген ҳалда дәриханаға барып, маған анандай дәри бериң, деп жей бересиз бе?

ТОЛЫҚ...

Қурал Таиров.



     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

Телеграм| Facebook| Instagram| Youtube

Интернет сайтымыз: paziylet.uz
13.3K views06:41
Ашу / Түсініктеме