2021-07-30 14:18:06
ШЕТ ТИЛИ ОҚЫТЫЎШЫЛАРЫ УШЫН ЖАҢА ТАЛАПЛАР ЕНГИЗИЛДИ
Мәмлекетлик билимлендириў орынларының шет тиллери оқытыўшылары ушын шет тиллерин өзлестириў дәрежеси бойынша талаплар белгиленди. Бул ҳаққында Министирлер Кеңесиниң “Шет тиллерди уйрениўди ғалабаластырыўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарында белгилеп өтилген.
Усы мүнәсибет пенен:
• 2022/2023-оқыў жылынан мәмлекетлик билимлендириў орынларының шет тиллер оқытыўшылары лаўазымларына жаңадан жумысқа қабыл етилип атырған талабан кеминде B2 дәрежедеги миллий яки оған теңлестирилген сайкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болыўы керек;
• 2024/2025-оқыў жылына шекем мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында искерлик жүргизип атырған кәсиплик пәнлер (шет тилинен тысқары) оқытыўшыларының 50%и кеминде B2 дәрежедеги миллий яки оған теңлестирилген сайкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болыўы керек;
• 2024/2025-оқыў жылына шекем улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм префессионал билимлендириў орынларында ис жүргизип атырған барлық шет тиллери оқытыўшылары кеминде B2 дәрежедеги миллий яки оған теңлестирилген сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болыўы керек.
Ресурс: @kkeduuz
Join
https://t.me/myengworksheets
265 viewsMukhit Nurmanov, 11:18