Get Mystery Box with random crypto!

Депутат өз сайлаўшылары арасында Ҳәзирги ўақытта елимизде ба | OROL24.UZ | Rasmiy kanali|Uyda qoling!

Депутат өз сайлаўшылары арасында
Ҳәзирги ўақытта елимизде барлық басшылар халық пенен "мәҳәллебай" ислеў системасында жумыс алып бармақта.
Солардың арасында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги O’zLiDeP фракциясы ағзасы Ахмет Реймов өзи сайланған аймақ “Қоскөл” мәҳәлле пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқаралар менен ушырасты.
Бүгинги күнде пайтахтымыздағы “Қос көл” мәҳәлле пуқаралар жыйынында 1 мың 288 шаңарақта 11 мыңнан зыят халық жасайды.
Ушырасыўда депутат елимиз басшысының быйылғы жылды “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы” Мәмлекетлик бағдарламасында белгилеп берилген баслы ўазыйпалар, мәмлекетлик бағдарламаның әҳмийети, сондай-ақ Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлардың әҳмийети бойынша өз сайлаўшыларына кең түрде түсиник берип өтти.
Ушырасыўда аймақты абаданластырыў, көгалландырыў, аймақта жасаўшы пуқаралар, жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған мәселелер де сөз етилди. Ушырасыў даўамында аймақта жасаўшы пуқаралар тәрепинен ишимлик суў мәселеси, пуқаралардың алысын жақын етиў ушын жөнелисли маршрутларды көбейтиў, жеке тәртиптеги үйлерди кадастр дизиминен өткериў, ҳүжжетлерин рәсмийлестириўбойынша машқалалардың бар екенлиги анықланды.
Көтерилген машқалалардың айрымлары орынларда сапластырылған болса, айрымлары тийисли шөлкемлер менен биргеликте үйренип шығыўға қадағалаўға алынды.
Сондай-ақ депутат сол күни аймақта бой тиклеп атырған заманагөй типте қурылып атырған еки қабатлы 100 орынға мөлшерленген балалар бақшасының қурылыс ислери ҳәм “Қос көл” мәҳәлле пуқаралар жыйынының жаңадан қурылатуғын имаратының орын көзден кеширип өзинин пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Баспасөз хызмети