Get Mystery Box with random crypto!

Ҳүрметли Ўатанласлар ҳәм партиямыз белсендилери! Сизлерд | OROL24.UZ | Rasmiy kanali|Uyda qoling!

Ҳүрметли Ўатанласлар ҳәм партиямыз белсендилери!


Сизлерди 9-апрель Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы күни менен қызғын қутлықлаймыз.

Конституция
– ең жоқары юридикалық күшке ийе болған норматив ҳуқықый ҳүжжет болып, ол ҳәр қандай мәмлекеттиң тийкарғы нызамы, халық айнасы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың юридикалық тырнағы, миллий ҳуқық системасының бас дереги болып есапланады.

Елимиздиң ҳәр бир пуқарасы бул ҳүжжеттиң мазмун-мәнисин билиўи ҳәм өсип киятырған жас әўладларға жеткериўи керек.

Ҳәр жылы 9-апрель сәнесин, елимиздиң тарийх бетлеринде сәўлеленип киятырған әҳмийетли ҳәм сиясий байрам сыпатында халқымыз жоқары дәрежеде нышанлап келмекте.

Мәмлекетимиздиң ең тийкарғы нызамы Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигине быйыл 28 жыл толыўы мүнәсибети менен пүткил республика халқын Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси жәмәәти қызғын қутлықлайды.

Елимиз тыныш, мәмлекетимиз гүллеп-жаснай берсин
.