Get Mystery Box with random crypto!

Урыс қатнасыўшысының ҳалынан хабар алынды Ми | OROL24.UZ | Rasmiy kanali|Uyda qoling!

Урыс қатнасыўшысының ҳалынан хабар алынды

Миллионлап бийгүнә инсанлардың өмирин зая еткен, тарийхта ең қанлы урыс атанған Екинши жер жүзилик урыс, оның қанлы саўашларын өз көзи менен көрип, жеңис ушын қаҳарманларша гүрескен инсанлар бүгин арамызда санаўлы ғана.
Усындай теберик инсанларды көздиң қарашығындай абайлаў, оларға ғамхорлықлар көрсетип барыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен оларға ҳәр жылы сый-ҳүрмет көрсетилип, қәдирленбекте.
9 май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Исбилерменлер ҳәрекети-Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кенеси хызметкерлери, O'zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы, Жоқарғы Кеңесиндеги O'zLiDeP фракциясы баслығы Ш.Отемисов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги O'zLiDeP фракциясы ағзасы Б.Сидиков, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиндеги O'zLiDeP депутатлары А.Сайпова ҳәм З.Сейтниязовалар байрам қарсаңында Нөкис қаласы "Әмиўдәрья" МПЖ да жасаўшы Екинши жәҳән урыс қатнасыўшысы Қәдирбай ата Нармановтың шаңарағында болып, халынан хабар алынды.
96 жасты қарсы алған нураный ата төрт қыз бир улды тәрбиялап. соннан 21 ақлық ҳәм 23 шаўлық сүйип отыр.
Нураный ата урыс жылларындағы пайытларын еске алып, халықтың сол ўақыттағы аўыр турмысын еслеп, келеси әўладларымызға тынышлықтың, парахатшылықтың қәдирин билип жасаўға, бүгин аспаны ашық тыныш татыў елимизге шүкиршилик етип, жасларға өзиниң ақ пәтиясын берди.

O'zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Баспасөз хызмети

Каналға ағза болың: @uzlidepqr